Урсула Гарчек референдум ҳәм сайлаў бойынша мониторинг нәтийжелериниӊ жуўмақлаўшы есабатларын берди

145

Әдиллик минисрлигинде Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) ниӊ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы делегациясы менен ушырасыў болып өтти.

Делегация басшысы, елши Урсула Гарчек конституциялық референдум ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша мониторинг нәтийжелериниӊ жуўмақлаўшы есабатларын рәсмий бериў ҳәм оларда келирилген жуўмақ ҳәм усынысларды додалаў мақсетинде министрликке келди.

Ушырасыўда Әдиллик министриниӊ орынбасары Музраф Икромов Өзбекстанда сайлаў нызамшылығын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниӊ басқа институтларын қоллап-қуўатлаў тараўындағы әмелий жумыслар ҳаққында мийманларға айтып берди.

ЕҚБШныӊ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы делегациясыныӊ баслығы У.Гарчек ханым Өзбекстанда кейинги жыллары әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформаларды тән алатуғынын ҳәм мәмлекеттиӊ демократиялық институтларды раўажландырыў бойынша алып барып атырған жумыслары буннан кейин де бюро тәрепинен кеӊнен қоллап-қуўатланатуғынын мәлим етти.

Сондай-ақ, делегация ўәкиллери Әдиллик министрлиги менен пуқаралық жәмийетин қоллап-қуўатлаў тараўындағы нызамшылықты жетилистириў бойынша тығыз бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

 

Н.Абдураимова, ӨзА