2024-жыл 1-июльдан баслап жол бойында жайласқан мектеплердиӊ алдына, кеминде төрт полосалы жоллардағы пиядалар өтиў орынларында, жол-транспорт ҳәдийселери ошақларында, темир жол кесилиспелеринде арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоны жазып алыў дәстүрий-техникалық қураллары басқышпа-басқыш орнатылады.

Бул бағдарда ҳүкиметтиӊ тийисли қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Ишки ислер министрлигиниӊ «Қәўипсиз қала» системаларын раўажландырыў орайы тәрепинен «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» республикалық қоры қаржылары есабынан әмелге асырылып, ЖҲҚХ тәрепинен белгиленетуғын орынларға орнатылады, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги