Женева конференциясында климат өзгериўине қарсы гүресиў мәселеси көрип шығылды

172

Өзбекстан Сенаты баслығы бул абырайлы әнжуманда дүнья мәмлекетлери парламентлери инсан факторыныӊ планетамызға унамсыз тәсирин имканияты барынша азайтыў бойынша жедел илажлар көриўге шақырды.

Женева қаласында Қосылмаў ҳәрекети парламент тармағыныӊ “Климат өзгериўине қарсы гүресиўде парламенттиӊ жумысын күшейтиў” темасындағы үшинши конференциясы болып өтти. Онда Өзбекстан парламенти делегациясы да қатнасты.

Дүнья парламентлери ҳәм халықаралық структуралардан 53 делегация қатнасып атырған әнжуманда климат өзгериўине қарсы гүресиўде парламентлердиӊ ролин күшейтиўге қаратылған бир қатар стратегия ҳәм көзқараслар додаланды.

Әнжуманда климат өзгериўи жәмийетлик ҳәрекетлерди талап ететуғын заманымыздыӊ глобал машқалаларынан бири болып қалып атырғаны, бүгин қабыл етилетуғын қарарлар келешек әўладларға узақ мүддет тәсир көрсететуғыны айтып өтилди.

Ыссыхана газлери шығындыларын азайтыў, халықтыӊ хабардарлық дәрежесин арттырыў, турақлы экологиялық сиясат тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған үлги нызамларды ислеп шығыў бойынша парламентлердиӊ ис-ҳәрекетлерин бирлестириў керек екенине итибар қаратылды.

Конференцияда шығып сөйлеген Өзбекстан Сенаты баслығы Танзила Норбоева дүнья мәмлекетлери парламентлери инсан факторыныӊ планетамызға унамсыз тәсирин имканияты барынша азайтыў бойынша жедел илажлар көриў ушын жуўапкершиликти өзине алыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Экологиялық машқалаларды шешиўде парламентлерден талап етилетуғын зәрүр мәселелер санап өтилди. Экология ҳәм климат өзгериўи тараўына байланыслы нызам ҳүжжетлерин сәйкеслендириў бойынша мәмлекетлер парламентлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, глобал орташа температураныӊ өсиўин Цельсий бойынша 2 дәрежеден төмен дәрежеде услап турыўға ерисиў ҳәм Париж келисимин әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў усылардыӊ қатарына кирди.

Т.Норбоева қатнасыўшылардыӊ итибарын “жасыл” технологиялар ҳәм тийисли инфраструктураға инвестициялар киригизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў зәрүрлигине қаратты.

Конференцияда Қосылмаў ҳәрекети парламент тармағы Бюросы ҳәм турақлы комиссияларын қәлиплестириў, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлерге Қосылмаў ҳәрекети парламент тармағы жанында бақлаўшы статусын бериў ҳаққындағы шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Илаж жуўмағында көрип шығылған мәселелерди есап-санақ еткен ҳалда Женева декларациясы қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА