Кеше футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы жәҳән чемпионаты-2026 таңлап алыў басқышы шеңберинде Гонгконгқа қарсы ойын өткерди.
Ушырасыўдың 20-минутында Аббосбек Файзуллаевтың әжайып түрде жоллаған пасынан соң Элдор Шомуродов Гонконг дәрўазасын анық нышанға алыўға миясар болды.
Буннан соң биринши таймда командамыз ағзалары тәрепинен бир неше рет қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирилди. Бирақ, ойындағы есап өзгерместен қалды.
Екинши таймның 64-минутында Ҳожимат Эркинов, соңын ала Остон Ўруновлар ушырасыўдағы есапты 3:0 ге жеткерди.
Қалған минутларда дәрўазаларға гол урылмады ҳәм бул жеңистен соң Өзбекстан сайланды командасы өзиниң упайлар санын 10ға жеткерип, 2027-жылы Саудия Арабстанында өткерилетуғын Азия кубогине жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.
Ал, усы топарда кеше өткерилген Түркменстан ҳәм Иран арасындағы ойын болса, 0:1 есабы менен жуўмақланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги