Скрининг орайында үйрениў жумыслары алып барылды

Республикалық жумысшы топар Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм тийисли мәкеме – шөлкемлердиң қатнасыўындағы үйрениў жумыслары Нөкис “Ана ҳәм бала” скрининг орайында алып барылды.
Жәмийетлик қадағалаў бул өз гезегинде тараўлар кесиминдеги кемшиликлерди сапластырыўда пуқаралардың нызамлы мәплерин тәмийинлеўге үлес қосады. Аналық ҳәм балалыкты қорғаў, олардың саламатлыгын беккемлеў ертенги бәркамал әўладтың дүньяға келиўине тийкар алады.
Бул бағдарда Нөкис қаласындағы “Ана ҳам бала” скрининг орайында бир қатар ибратлы жумыслар әмелге асырылған. Быйылғы жылдың усы күнине шекем 4 мыңға шамалас ҳәмиледар ҳаял перинатал ультра – сес тексериўинен өткерилген. 23 ҳаялда туўма раўажланыў нуқсаны анықланып, ҳәмиледарлықты тоқтатыўға жиберилген.


Жумысшы топар ағзалары үйрениўлер даўамында бул бойынша енгизилген хызмет түрлери, ҳәмиледар ҳаяллардың скрининг тексериўинен өткерилиўи ҳәм анықланған кеселликлердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты. Скрининг ҳәм перинитал орайларының хызметин буннан да жоқары басқышқа алып шығыў бойынша зәрүрли мәсләҳәтлер берилип, усыныслар тыңланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги