Ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди

Жынаят ислери бойынша Мойнақ районы судыныӊ баслығы Ж.Қдырниязов тәрепинен райондағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ имаратында ашық кɵшпели суд мәжилиси ɵткерилди. Онда 4 шахстың қарсысына топланған ҳәкимшилик ис материаллары кɵрип шығылды.
Суд мәжилисинде бир ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық ҳаққындағы ис тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 21-2-статьясы тийкарында өндиристен қысқартырылды. 2 шахсқа жәрийма жазасы, 1 шахсқа ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды. Көшпели суд мәжилиси қатнасыўшыларына ҳәр қандай ҳуқықбузарлық яки қылмыс жазасыз қалмайтуғынлығы, сонлықтан тәрбияны ҳәр ким биринши гезекте өзинен баслаўы кереклиги айтылды. Себеби, нызамларды ҳүрмет етип, ҳадал жасасаң әлбетте, жәмийеттен, өмирден ылайықлы орын таўып, абырай атаққа ерисесең, ал керисинше болса-барар мәнзилиң анық. Солай екен, халыққа әсиресе, жасларға бул турмыслық мысаллар арқалы түсиндирилип, буннан дурыс жуўмақ шығарыўға шақырылды.

Суд мәжилисинен соң, суд баслығы тәрепинен жыйналғанларға Ɵзбекстан Республикасының 2024-жыл 1-февралдағы “Педагогтың ҳуқықый статусы ҳаққында”ғы Нызамының мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилди. Атап өтилгениндей, бул нызам менен педагоглардың ҳуқықлары, миннетлемелери, жумысының тийкарғы кепилликлери, мийнетине ылайықлы ҳақы төлеў, хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў принциплери белгиленди. Педагогтың ҳуқықлары, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абырайы мәмлекет қорғаўында болады. Сондай-ақ, улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде биринши мәртебе ислеп атырған шахсқа бир оқыў жылы дәўирине устазлық етиў ушын тәжрийбели педагог бириктириледи.
Нызамға бола, педагогты кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған ислерге, атап айтқанда аймақларды абаданластырыўға ҳәм аўыл хожалығы ислерине тартыў, педагогтан оның кәсиплик миннетлемелерине тийисли болмаған есабатларды ҳәм басқа мағлыўматларды, мысалы питкериўшилердиң бәнтлиги тәмийинленгенлиги ҳаққындағы есабатларды қәлиплестириўи ҳәм усыныўды талап етиў, оларға товар ҳәм хызметлерди сатып алыў миннетлемесин жүклеў, сондай-ақ, мийнет ҳақысынан оның жазба келисимисиз товар ҳәм хызметлер ушын қаржы услап қалыў қатаң қадаған етиледи.
Илажда судья тәрепинен усы ҳәм басқа да нызамлардағы өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги