Суўды үнемлеўши технологиялардың пайдасы тиймекте

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, республикамыз 517.1 мың гектарлық суўғарылатуғын майданға ийе. Соннан, бүгинги күнге шекем 141.8 мың гектар майданда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў жумыслары алып барылған.
Соннан, 17 мың 746 гектар майданда тамшылатып, 2 мың 763 гектар майданда жаўынлатып, 112 гектар майданда дискрет (пульсар), 1 мың 261 гектар майданда қарықларға плёнка төсеп, 17 мың 695 гектарда ийилиўшең қубырлар жәрдеминде суўғарылып, 102 мың 237 гектар майданда жерлерди лазерли тегислегишлер жәрдеминде тегислеў жумыслары әмелге асырылды.
Суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәр жылы орташа есапта 500 миллион кубометр суўды үнемлемекте.
2024-жылы жәми 47 мың 150 гектарда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, соннан 4 мың 150 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, 1900 гектар майданда жаўынлатып суўғарыў, 700 гектар майданда дискрет суўғарыў, 8400 гектарда ийилиўшең қубырлар жәрдеминде, 1500 гектарда қарыққа плёнка төсеп суўғарыў ҳәм 30 мың 500 гектар майдонда жерлерди лазерли тегислегишлер жәрдеминде тегислеў жумыслары режелестирилген.
Бул жумыслар нәтийжесинде өнимдарлық 10-15 процентке артыўы менен бирге, 336 миллион куб метр суў үнемленип, орташа 56 мың гектар майданда аз суў талап етилетуғын тәкирарый егинлерди суўғарыў имканияты жаратылады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги