Тәртип-интизам беккемленбекте
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен коррупция, дәмегөйлик, парахорлық, лаўазымынан шетке шығыўы сыяқлы жынаятлар ҳәм басқа да унамсыз жағдайлары жүз бериўиниң алдын алыў мақсетинде илажлар өткерилмекте.
Быйылғы жылдың басынан берли усы бағдарда жеке қурам менен 8 мәрте улыўма профилактикалық илажлар өткерилген болса, 26 хызметкер менен жеке тәртиптеги тәрбиялық-профилактикалық сәўбетлесиў өткерилген.
Жеке қурам арасында коррупцияның алдын алыў, хызмет тәртибин беккемлеў бойынша гезектеги илаж “Нөкис аэропорты” шегара бажыхана постында болып өтти.
Онда басқарманың жеке қәўипсизлик структурасының жуўапкер хызметкерлери қатнасып, ҳәр бир бажыхана хызметкериниң “бажыханашы” атына ылайық ҳәрекет етиўи, әдеп-икрамлылық, этика қағыйдаларына әмел етип, пост арқалы ҳәрекетленип атырған ҳәр бир пуқара менен киши пейил қатнаста болыўы бойынша усыныслар берилди.
Себеби, мәмлекетимиз басшысы атап өткени сыяқлы, “Бажыхана экономикамыздың турақлылығын тәмийинлейтуғын мәкемелерден бири”, “Бажыхана Республикаға кириўде сырт ел делегациялары, мийман ҳәм туристлердиң Өзбекстан ҳаққындағы дәслепки пикирин қәлиплестиреди” деген пикирлери бажыхана шөлкемлери хызметкерлерине билдирилген жоқары исеним менен бир қатарда, оларға үлкен жуўапкершилик те жүклейди.
Усы айтылғанлардан келип шығып, системада коррупция иллетине қарсы қатаң гүресиў, онда барлық бажыхана хызметкерлери аўызбиршиликте ислеўи, бул иллеттиң келип шығыўына шараят жаратпаў, биргеликте гүресиў, орынсыз ҳәрекетлери ушын ҳәр бир хызметкерге жуўапкерлик, ҳәр қандай жынаятлы ис бәрибир жүзеге шығатуғынлығы атап өтилди.
Ушырасыўда мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеўде хызметкерлер бәрқулла сергек болыўы, түрли унамсыз жағдайлардан жырақ болып, бажыхана тексериўи нәтийжелилигин арттырыў ҳәм хызмет тәртибин беккемлеў кереклиги ҳаққында тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги