Депутатлар да қайыр-сақаўат әмеллерин иске асырмақта

203

Рамазан айы қайыр-сақаўат, мийрим-шәпәәт ҳәм ийгиликли әмеллер исленетуғын ай болып табылады.

Халқымызда әзелден бул мүқаддес айда кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алыў дәстүрге айланған.

Кекселер, кем тәмийинленген шаңарақлар, жалғыз баслы, наўқас, жәрдемге мүтәж инсанлардың жағдайынан хабар алып, оларға жәрдем бериў, қоллап-қуўатлаў сыяқлы ийгиликли ислерде депутатлар да өз үлеслерин қоспақта.

ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң аппарат басшысы, депутат Р.Юлдашева өзи сайлаған аймақ “Шааббаз” мәкан пуқаралар жыйынындағы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алып, азық-аўқат өнимлерин жеткерип берди.

Партия белсендилери тәрепинен мүбәрек Рамазан айындағы саўап әмеллери даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги