Өзбекстанныӊ Халықаралық мийнет шөлкеми менен әмелий бирге ислесиўи кеӊейтиледи

250

Олий Мажлис Сенаты Баслығы, Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша Миллий комиссия баслығы Танзила Норбоева Женева қаласында ХМШтыӊ Еворпа ҳәм Орайлық Азия бойынша бюросыныӊ регионаллық директоры Беате Андреес пенен сөйлесиў өткерди.

Өзбекстан ҳәм ХМШ арасындағы байланысларды кеӊейтиў, атап айтқанда, мәмлекетимизде мүнәсип мийнет шараятларын системалы түрде жаратыў бағдарында бирге ислесиўди жаӊа басқышқа алып шығыў мәселелери көрип шығылды.

Сәўбетлесиў барысында мүнәсип мийнет ҳәм социаллық қорғаў принциплерин енгизиў, рәсмий емес бәнтликке қарсы гүресиў, халықтыӊ социаллық жәрдемге мүтәж қатламын тийкарғы дәрамат пенен тәмийинлеў, өзин-өзи бәнт етиў стандартларын енгизиў сыяқлы бирге ислесиў бағдарларына итибар қаратылды.

ХМШтыӊ мәмлекетимиз, улыўма Орайлық Азиядағы қатнасыўын кеӊейтиў, конструктивлик сөйлесиўдиӊ избе-излигин тәмийинлеў мақсетинде Ташкент қаласында ХМШтыӊ халықаралық координаторы лаўазымы шөлкемлестирилгени мәлим етилди. Бул, өз гезегинде, мийнет қатнасықлары тараўында Өзбекстанныӊ алдынғы тәжирийбесин регионда да енгизиў имканиятын беретуғынлығы атап өтилди.

Соныӊ менен бирге, келешекте Ташкентте ХМШтыӊ Орайлық Азияныӊ барлық мәмлекетлери ушын субрегионаллық ўәкилханасын шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында ХМШтыӊ жоқары маман қәнигелерин тартқан ҳалда биргеликтеги жойбарларды жеделлестириўге келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги