Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында Наманган ўәлаятыныӊ имканиятларын иске қосыў мәселелерине бағышланып өткерилип атырған мәжилисте мәлим етилди.

Президент кеше танысқан зергерлик кәрханасын мысал етип, зергерлик өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў ушын оғада үлкен потенциал бар екенин атап өтти.

Сонлықтан, исбилерменлер ушын айрықша шараятларға ийе зергерлик зоналары шөлкемлестириледи. Шийки зат жеткериў, қәниге таярлаў, өндирисшынжыры ҳәм сатыў системасы түп-тийкарынан  қайта көрип шығылады.

Жуўапкерлерге Түркия тәжирийбеси тийкарында Наманганда алтынды қайта ислеў ҳәм сатыў бойынша  ири орайды иске қосыў тапсырылды.

ӨзА