Саўап ушын ифтарлық шөлкемлестирилди

Мойнақ районы орайындағы пайызлы орынлардың биринде райондағы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралар ҳәм ораза тутып атырған нураныйларға район ҳәкимлиги тәрепинен ифтарлық (аўыз ашар) дастурханы жайылды.
Илажға район ҳәкими Б.Менглибеков, сектор басшылары, «Тоқпақ ата» жомъе мешити имам хатиби Р.Тлеўбаевлар қатнасып, бәршени Рамазан айы менен қутлықлады.
Рамазан айы инсанларды өз-ара мийрим-шәпәәтли болыўға, нураныйлар ҳәм наўқаслардың жағдайынан хабар алыўға, мүтәжлерге қайыр-сақаўат көрсетиўге шақырады.

Илаж даўамында халқымыздың аманлығы, тынышлығы ҳәм аўызбиршилиги ушын жақсы тилеклер билдирилип, ақ пәтияға қол жайылды.
Жыйналғанлар усындай тыныш ҳәм абадан турмыс ушын шүкиршилик билдирип, бундай саўаплы ис ушын шөлкемлестириўшилерге өзлериниң миннетдаршықларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги