26-март – Халықаралық Арал теңизи күни

Соңғы жыллары Арал теңизиниң қурып барыў қәўипи жүдә кескин машқала болып қалды. Арал теңизи машқаласы узақ өтмишке барып тақалады. Лекин, бул машқала соңғы он жыллықлар даўамында қәўипли дәрежеде өсти. Орайлық Азияның пүткил аймағы бойлап суўғарыў системаларын жедел пәтлер менен қурыў көплеген елатлы пунктлерге ҳәм санаат кәрханаларына суў бериў барысында кең көлемдеги апат – Арал теңизиниң набыт болыўының да себебине айланды. Ғәрезсизликке шекем шөл саҳралардан тартып алынған ҳәм суўғарылатуғын жаңа жерлер ҳаққында дәбдебе менен айтылатуғын еди. Ҳақыйқатында бул суў Аралдан тартып алынғанлығы оны, “жансызлантырып қойылғанлығы” ҳеш кимниң ойына келмес еди. Усындай тоталитар дүзим дәўиринде алып барылған сиясат нәтийжесинде Аралбойы экологиялық апат аймағына айланды.
Арал дағдарысы инсаният тарийхындағы ең ири экологиялық ҳәм гуманитар апатлардан бири болып табылады. Теңиз бассейнинде жасайтуғын 50 миллионнан аслам адам оның унамсыз тәсиринде қалды.
Биз 30-35 жыл даўамында дүньядағы ең ири жабық суў бассейнлериниң жоғалып баратырғанлығына гүўа болмақтамыз. Бирақ бир әўладтың көз алдында пүтин бир теңиз набыт болғаны еле жүз бермеген еди.
1911-1962-жылларда Арал теңизиниң көлеми ең жоқары болып, 53,4 метрди, суўдың көлеми 1064 куб километрди, суўдың жүзеси 66 мың квадрат километрди ҳәм минералласыў дәрежеси бир литр суўда 10-11 граммды қураған еди. Теңиз транспорт, балық хожалығы, климат шараяты жағынан да үлкен әҳмийетке ийе болған. Арал теңизине Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрьядан ҳәр жылы дерлик 56 куб километр суў келип қуйылар еди.
Арал теңизиниң көлеми 20 метр пәсейиўи нәтийжесинде ол енди бир пүтин теңиз емес, ал еки қалдық көлге айланып қалды. Оның жағалары 60-80 километрге шегинди. Әмиўдәрья менен Сырдәрьяның дельталары жедел пәтлер менен бузылып бармақта. Теңиздиң суўы қашып кеткен түби 4 миллион гектардан артығырақ майданда көринип қалды. Нәтийжеде және бир “қолдан жасалған” қумлы-шор саҳраға ийе болдық. Самал Арал теңизиниң қурып қалған түбинен дуз ҳәм шаң-тозаңды жүзлеген километрге ушырып кетпекте.
Арал теңизиниң қурып қалған түбиндеги шаң тозаңлары 1975-жылда-ақ космослық изертлеўлер нәтийжесинде анықланған еди. 80-жыллардың басларынан берли бундай шаң тозаңлар бир жылда 90 күн даўамында бақланбақта. Шаң-тозаңлардың узынлығы 400 километр ҳәм ени 40 километр майданға жетип бармақта. Шаң-тозаңлардың тәсир шеңбери болса 300 километрге шекем жетпекте. Қәнигелердиң берген мағлыўматларға қарағанда, бул жерде ҳәр жылы атмосфераға 15-75 миллион тонна шаң көтериледи.
Булардың барлығы Арал бойы климатының өзгериўине алып келди. 1983-жылдан баслап Арал теңизи балық аўлаўға жарамсыз болып қалды. Жағалаўдың ҳәзирги сызығынан узақта болған балықшылардың қашанлардур қүдиретли теңиз флотилиясының тат басқан қалдықларын, қарабаханаға айланған балықшылар поселкаларын ушыратыў мүмкин. Бозкөл, Алтынкөл, Қаратма қолтықлары жоқ болып кетти. Ақбеткей архипелагы қурғақлық пенен қосылып кетти.
Саламат Сулайманов,
тарийх илимлериниң докторы, доцент.
Қарақалпақстан хабар агентлиги