Мойнақ районы ҳәкимиятында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз конференциясында район ҳәкими Бахтияр Менглибеков шығып сөйлеп, өткен жыл даўамында районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар, алдағы режелер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Қарақалпақстан ушын қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманларға муўапық Мойнақ районында бир қатар жаңа жумыс орынлары жаратылды. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде Мойнаққа турақлы ҳәм мәўсимлик жумысшылар зәрүр. Әсиресе, район орайындағы тигиўшилик фабрикасына жумысшылар зәрүр. Турақлы буйыртпалар қабыл етилгенлиги себепли, оның жумыслары жолға түсип кетти. Ол ҳәзир ҳаял-қызларды, түнги сменаға ер адамларды жумысқа шақырмақта. Сондай-ақ, «Арал артемия санаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети де ер адамлар ушын дәраматлы мәўсимлик жумыс болған шәртнама тийкарындағы мәўсимлик теримшилерди жумысқа шақырмақта. Бул жерде бир пуқараның айлық орташа дәраматы 20-30 миллион сумды қурамақта.

Райондағы Бозатаў АПЖда жайласқан «MUYNAK LDSP” ЖШЖ кәрханасы да жумысқа шақырмақта. Онда қамыс орыў жумыслары ушын қамыстың килограмын 400 сумнан, дробилкада майдаланған қамыстың килограмын 700 сумнан сатып алыў мақсетинде жумысқа шақырады. Районда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў менен бир қатарда, туризмди раўажландырыў мәселелерине де үлкен итибар қаратылмақта…

– Ҳәзирги ўақытта мәлимлеме-коммуникация технологиялары раўажланбақта. Журналист, блогер ҳәм жасларымыздың пикир-усынысларын ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы да бақлап бараман. Олардың районымызда алып барып атырған реформаларға билдирген мүнәсибети жаңа жойбарларды, жаңа қарар ҳәм шешимлерди қабыл етиўге ямаса өзгерислер менен қосымшаларды киргизиўге үлкен жәрдемин бермекте, бул ҳақыйқат-дейди район ҳәкими журналистлер менен ушырасыўда.


Илажда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги