Усы жыл 25-30-март күнлери  Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм АҚШ елшиханасы менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасында ESN жойбары бойынша каскад усылында семинар-тренинглерди өткериў режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында өткерилип атырған усы семинардың мақсети – инглис тили муғаллимлериниң кәсиплик шеберлигин арттырыў ҳәм заманагөй оқытыў методлары бойынша тәжирийбе алмасыў болып есапланады.

Семинарда АКШ тан  инглис тили бойынша қәниге Шарлотте Бенхам ҳәм Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайынан «Тиллерди оқытыў методикасы» кафедрасының  аға оқытыўшысы,  TESOL халықаралық сертификат ийеси Камал Қурбанбаев ҳәм басқалар сабақ өтпекте.

– ESN: STT ҳәм ESN: Coaches Program бағдарламаларының мақсети: Өзбекстан Республикасындағы барлық мәмлекетлик мектеплердеги инглис тилин үйрениўди қоллап-қуўатлаў ҳәм үйретиўди раўажландырыўдан ибарат,-дейди тренер Камал Қурбанбаев.

Семинарға инглис тили муғаллимлери қатнасып, тәжирийбели тренерлердиң басшылығында оқытыўдың интерактив методлары бойынша мағлыўматларға ийе болмақта.





Семинар-тренинг өз-ара пикир алысыўлар, сораў-жуўаплар менен даўам  етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги