Ертең Ташкент қаласында футбол бойынша жәҳән чемпионаты-2026 таңлап алыў басқышы шеңберинде, Өзбекстан ҳәм Гонконг сайланды командалары арасында жуўап ушырасыўы болып өтеди.

Бүгин усы командалар ўәкиллериниң қатнасыўында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын баспасөз әнжуманы болып өтти.

Оған бийтаплығы ҳәм жеке машқаласы себепли Өзбекстан сайланды командасының бас тренери Сречко Катанец қатнаса алмады ҳәм оның орнына команда тренери Владо Родманович пенен футболшы Азизбек Турғунбоев журналистлердиң сораўларына жуўап берди.

«-Ертең Гонконға қарсы екинши мәрте ойынға түсемиз ҳәм биринши ушырасыўдағы сыяқлы жеңиске ерисиў ушын ойнаймыз, -деди Владо Родманович.

«Ертеңги ушырасыў әжайып тәризде өтиўи күтилмекте. Себеби, командамыздағы барлық легионерлер толық қурамда шынығыўларға қатнаспақта. Ертең бар күш-жигеримизди жумсап, 3 упай ушын ҳәрекет етемиз»,- деди Азизбек Турғунбаев.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Өзбекстан-Гонконг ойыны 26-март күни саат 19:30 да болып өтеди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги