Соңғы жыллары мәмлекетимиз тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, елимизде опера көркем өнерин раўажландырыў ҳәм бул бағдарда жас талант  ийелерин жетилистириў бойынша да жумыслар жолға қойылған. Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен 2019-жылы Нөкис қаласынан Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп интернаты, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы ашылып, бүгинги күнде бул жерде жас операшылар билим алмақта.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-февральдағы «Мәденият ҳәм көкем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы 112-санлы қарары тийкарында Нөкис қаласынан Опера ҳәм балет театрын шөлкемлестириў белгиленген.

Әлбетте, бундай илажлар Қарақалпақстанда опера көркем өнериниң раўажланыўында айрықша әҳмийетке ийе. Бул бағдардағы жумысларды және де жетилистириў мақсетинде Опера көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп- интернатында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен елимизде жас опера атқарыўшыларын резервин қәлиплестириў мақсетинде 16 жастан 35 жас аралығындағы опера атқарыўшыларының таңлаўы болып өтти. Оған 30 дан аслам қәбилетли жаслар қатнасып, талантын сынап көрди. Қәнигелер тәрепинен қатнасыўшылардың атқарыў шеберлиги, билим дәрежеси көзден өткерилди.





―Бул илаждың шөлкемлестирилиўи мен ушын жақсы жаңалық болды. Өйткени, мен кишкенелигимнен опера атқарыўға қызығаман. Бул илажлар академиялық қосықшылықты раўажландырыў, жас операшылардың келешекте өз қәнигеликлери бойынша жумыс алып барыўын тәмийинлеўге хызмет етеди,―дейди,  қатнасыўшылардың бири  Азим Қалбаев.

Мәденият министрлиги тәрепинен илаж алдағы ўақытта да даўам еттирилип, жас операшылардың бирден –бир базасы қәлиплестирилип, олардың тәжирийбе алмасыўы ҳәм билимлерин жетилистириўи ушын жумыслар алып барылмақта.

Г.Турдышова, 
Қарақалпақстан хабар агентлиги