Бүгин  25-март күни Хожели районы «Кулаб» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынада «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылмақта.

Оған районлық сектор басшылары, мәкеме, шөлкем баслықлары ҳәм район белсендилери қатнасты. Илажда район ҳәкими Ж.Ермашев сөзге шығып, ҳәр бир социаллық объектлерде декоратив ҳәм мийўе нәллерин егиў, егислик жерлерди өз ўақтында суўғарыў, көгерип шыққан нәллерге тәрбия бериў ҳәм қоршаған орталықта абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў бойынша бир қатар тапсырмалар берди.

Буннан соң, бәрше қатнасыўшылар тәрепинен жақсы нийетлер менен нәллер егиў илажлары басланып, табыслы даўам етпекте.






Қарақалпақстан хабар агентлиги