“Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!” сүрени астындағы байрам сейили Қарақалпақстан Республикасы судлары жәмәәтинде де кең түрде белгиленди.

Наўрыз-бул ояныў, жаңаланыў ҳам жасарыў пасылынан дәрек. Тарыйхый мағлыўматларға қарағанда бул байрамның тарийхы 3 мың жылдан аслам ўақытқа барып тақалады.

Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының шөлкемлестириўинде болып өткен Наўрыз салтанаты дәслеп суд хызметлери ушын арзанластырылған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлериниң саўда ярмаркасы менен басланды. Онда түрли аўыл хожалығы өнимлери менен бирге азық-аўқатлық затлар исбилерменлер тәрепинен арзанластырылған баҳаларда қарыйдарларға усынылды. Әлбетте, бул да тараў ўәкиллериниң байрам дастурханының молшылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Буннан соң, тараў басшылары ҳәм нуранийлар сөзге шығып, жыйналғанларды улыстың уллы күни менен шын жүректен кутлықлап, елимизге тынышлық аманлық, ҳәр бир шаңараққа бахыт ҳәм мол ырысқы-несийбе тилеп, ҳәр бир күнимиз Наўрыз болыўына жақсы тилеклерин билдирди.

Үлкен қазанларда Наўрызлық гөже қайнатылып, дастурханларға тартылды. Әсиресе, мәденият тараўы хызметкерлериниң атқарыўындағы йошлы концерт бағдарламасы байрамның және де заўықлы ҳәм мазмунлы болып өтиўин тәмийинледи. Негизинде, Наўрыз байрамы халқымыз арасында усындай беккем аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт сыяқлы ағла пазыйлетлерди кеңнен ен жайдырыўға бағдарланғаны менен биз ушын қәдирли ҳәм әзиз.


Қарақалпақстан хабар агентлиги