“Абат шаӊарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” өлшеми тийкарында қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып атырған Елликқала районындағы “Ифтихор”мәкан пуқаралар жыйынында “Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!” сүрени астында “Үш әўлад ушырасыўы” болып өтти.

Онда сөзге шыққанлардыӊ атап өткениндей, Президентимиздиӊ басшылығында пуқаралар жыйынларында соӊғы жыллары мисли көрилмеген жаӊаланыўлар менен қурылыс жумыслары алып барылмақта. Буны “Ифтихор”мәкан пуқаралар жыйыны мысалынан да көриўимизге болады.



Көпти көрген нуранийлардыӊ тәжирийбеси жаслар ушын ибрат мектеби болып келген. Инсан қәдири улығланып атырған елимизде бундай ушырасыўлар жасларды бир мақсет жолында бирлесиўге, келешегимиз тәғдирине жуўапкершиликли болыўға шақырады. Сөйлесиўлер даўамында өткен күнлерди қәдирлеў, бүгинги өзгерислерге шүкиршилик етиў алдымызға үлкен мақсетлерди белгилеп алыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Ушырасыўдан кейин қатнасыўшылар ҳәм мийманлар бир қатар мәдений-ағартыўшылық илажлар, соныӊ ишинде, спорт ойынлары, қошқар дүгистириў, арқан тартысыў, миллий тағамлар ҳәм кийимлер көргизбелери менен танысты. Қурылыс жумысларына белсене қатнасып атырған тараў пидайыларына, жасларға үлги болып киятырған нуранийларға байрам мүнәсибети менен естелик саўғалары тапсырылды. Белгили көркем өнер шеберлериниӊ концерт бапғдарламасы бәршеге көтериӊки кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги