Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева Женева қаласында Парламентлераралық аўқамның баслығы Тулия Эксон менен ушырасты.

Өз-ара сөйлесиўде Өзбекстан Парламентлераралық аўқам арасындағы өз-ара қатнасықларды беккемлеў, сондай-ақ, биргеликте өткерилетуғын илажлардың шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Қысқа мүддет ишинде Өзбекстан Парламентлераралық аўқамның ажыралмас бөлегине айланғаны атап өтилди. Бухара қаласында Турақлы раўажланыў мақсетлерине бағышланған Халықаралық парламент форумы ҳәм Ташкент қаласында Парламентлераралық аўқамға ағза мәмлекетлер парламентлери ҳаял басшылары 14-саммитиниң табыслы өткерилгени буған айқын мысал бола алатуғыны айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен келеси жылы Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы Өзбекстанда өткериледи.

Орайлық Азия регионында биринши рет парламент бағдарындағы бундай кең көлемли илаждың өткерилиўи дүнья жәмийетшилиги тәрепинен Өзбекстанның дүнья жүзи сиясаты орайларынан бири сыпатында тән алынып атырғанын тастыйықлайды. Ушырасыўда мәмлекетимизде 150-ассамблеяны өткериўге байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.

– Өзбекстан бул ассамблеяға басшылық етип атырғанынан қуўанышлымыз, себеби әйне сизиң мәмлекетиңиз бундай абырайға мүнәсип, – деди Т.Эксон. – Мен Ташкентте өткерилетуғын юбилей илажды Парламентлераралық аўқам ҳәм пүткил дүнья жүзи парламентаризми тарийхындағы умытылмас ўақыяға айландырыў ушын бир күшимди иске қосыўға таярман.

2025-жылы Ташкентте өткерилетуғын илаждың жуўмақларына бола, жәҳән парламент ҳәрекетиниң орта ҳәм узақ мүддетли келешектеги тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын тийисли ҳүжжетти қабыллаў режелестирилип атырғаны мәлим етилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы