Қарақалпақстан  Республикасы  Мәденият  министрлигиниң  басламасы менен өткен жылдың  декабрь  айынан өз жумысын баслаған «Йош» эстрадалық жойбары барған сайын кең жәмийетшиликте қызығыўшылық оятпақта.

Кастингке  қатнасқан  153  қатнасыўшы  арасынан  айрықша  таланты  менен ажыралып  шыққан  20 қатнасыўшы  усы жылдың  январь айында дәслепки  турды  баслап  берген  еди. Ал, февраль  айында  өткен  екинши турда 17, март айының  басында  өткерилген  үшинши  турда 14 қатнасыўшы жойбарда  өз  дөретиўшилигин  даўам  еттирди.

Күни  кеше  пайтахтымыздағы  Қарақалпақстан көркем өнер сарайында болып  өткен  жойбардың  төртинши турына 12  қатнасыўшы  жетип  келди ҳәм  бул  сапары  олар  еркин  темада  ковер  бағдарындағы  қосықларды атқарды.









―Жойбардың ҳәр бир басқышы жүдә қызықлы өтпекте.  Қатнасыўшылар өзлериниң үстинде тынымсыз изленип, финалға жетиўге ҳәрекет етип атыр. Ең баслысы жойбар арқалы биз елимизде ҳәр түрли бағдарда қосық айта алатуғын өнерли жасларымыз бар екенлигиниң гүўасы болып атырмыз, ― дейди төрешилер қурамы ағзасы Шыраз Турсынбаев.

Шынында да, бундай жойбарлар қәбилетли жасларымыз ушын үлкен имканиятлар есигин ашыў менен бирге, көплеген талант ийелериниң халыққа танылыўына  хызмет етеди. Ең  баслысы, жойбар  қарақалпақ  эстрада  көркем өнериниң  раўажланыўына  тийкар  жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги