Режеге бола 2024-жылдың шор жуўыў дәўири ушын ажыратылған суў алыў лимити 1 миллиард 400 миллион метр куб болып, соннан 1 миллиард 272,0 миллион метр кубы аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ҳәм шор жуўыў, 127 миллион метр кубы санаат, коммунал ҳәм басқа мүтәжликлер ушын ажыратылған. Ҳәзирги ўақытта 160,8 мың гектар жерде шор жуўыў ҳәм 63 мың гектарлық ғәлле майданларында суўғарыў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.

Суўғарыў жумысларында суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, шор жуўыў жумысларында агротехникалық қағыйдаларға, суўдан пайдаланыў қағыйдаларына қатаң бойсынылыўы үстинен системалы қадағалаў орнатыў мақсетинде барлық районларға суў хожалығы шөлкемлери басшыларынан ибарат жуўапкерлер бириктирилип, 195 суўғарыў отрядлары шөлкемлестирилген.

– Суўғарыў отрядларына жәми 6187 суўшы, соннан суў хожалығы шөлкемлеринен 1018 тәжирийбели суўшылар ҳәм 5099 кластер ҳәм фермер хожалықларының суўшылары тартылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Ғ.Атажанов.

Суўғарыў ҳәм шор жуўыў жумыслары тийкарынан усы жылдың февраль айының екинши ярымынан басланып, бүгинги күнде жәми дәректен 983,2 миллион метр куб суўдан пайдаланылды. 10 мың гектардан аслам ғәлле, 223 мың гектардан аслам қыйтақ жер ҳәм басқа майданларда суўғарыў жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, районларда жәми 140 мың гектарға шамалас майдан шор жуўыўға таярланылып, 91 мың гектардан аслам майданда шор жуўыў жумыслары әмелге асырылды.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги