27-март―Халықаралық театрлар күни алдынан қарақалпақ театр көркем өнеринде үлкен жаңалық жүз берип, елимизде жумыс алып барып атырған үш мәмлекетлик театр қатарына Қарақалпақстандағы туңғыш жеке меншик― «МУЗА» театры  қосылды.

Театр Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен «Time innovation art» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген.

2024-жыл 24-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «Муза» театрының ашылыў салтанаты ҳәм театрдың дәслепки «Қыймайман» спектаклиниң премьерасы болып өтти.

Оған республикамыздың кең жәмийетшилик ўәкиллери, тараў нураныйлары менен театр көркем өнериниң қәнигелери ҳәм  ҒХҚ хызметкерлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев, Өзбекстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықлардың лауреаты Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Әбдиев, театртаныўшы Ж.Хожановлар сөзге шығып, республикамызда шөлкемлестирилген бул театрдың шөлкемлестирилиўи менен халқымызды қутлықлап, театр жәмәәтине дөретиўшилик табыслар тиледи. Сондай-ақ, театр шөлкемлестириўшилери драматург ҳәм сценарист А.Сейтов ҳәм көркем өнертаныўшы журналист Г.Палўановалар сөзге шығып, театрды шөлкемлестириўде жәрдем берип, қоллап-қуўатлаған Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине миннетдаршылық билдирди.


Рус драматурги А.Володинниң қәлемине тийисли «Қыймайман» спектаклин сахналастырған талантлы, жас режиссёр Султанбек Қәллибеков. Пьесаны қарақалпақ тилине аўдарған  Рахат Абдиреймов.

Шаңарақ―муқаддес. Оны сақлап қалыў шаңарақта ерли-зайыплылардың бир-бирин түсиниўине, исеним ҳәм муҳаббатына байланыслы. Узақ жыл бирге жасап, бүгинги күнде арзымаған себеплерди деп ажырасып кетип атырған шаңарақлар арамызда көплеп ушырасады. «Муза» театрының дәслепки спектакли әне усы шаңарақ темасына бағышланады.



―Бир дастыққа бас қойған өмирлик жолдасыңнан ажырасыў ең аўыр нәрсе. Ең соңғы шешим ажырасыў болған жағдайда да  ерли-зайыптың жүрегинде бир сезим  бир-бирин «қыймаў» турады,―дейди «Муза» театрының шөлкемлестириўшиси А.Сейтов.  ―Ўатан―шаңарақтан басланады. Шаңарақ болса кишкене Ўатан.  Елимиздиң тынышлығы усы кишкене Ўатанның тынышлығына  байланыслы. Сонлықтан, дәслепки спектаклимиз бүгинги күн жаслары, жас шаңарақлар ушын өрнек болады деген ойдамыз.

«Муза» ― грек тилинен алынған болып, «илҳәм дәреги», «илҳәм периси» мәнилерин аңлатады. Демек, дәслепки адымын атып атырған театр жәмәәтине илҳәм периси жолдас болып, жаңа дөретиўшилик жумыслары менен халқымызға хызмет етиўине тилеклеслик билдиремиз.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги