Бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны “Инсан қәдири ушын” принципиниң әҳмийетине қаратылар екен, бунда әлбетте жасы үлкенлеримиздиң турмыслық тәжрийбеси, ақыл-нәсияты- жаслар тәрбиясында, елимиздиң айдын келешегин тәмийинлеўде айрықша орын ийелейди.

Суд-ҳуқық тараўында жемисли мийнет еткен жасы үлкен нуранийларға ҳүрмет көрсетиў, олардың тәжирийбесин жас судьяларға өрнек етиў мақсетинде Өзбекстан Судьялар ассоциациясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды менен биргеликте “Үш әўлад ушырасыўы” илажы өткерилди. Видеоконференц байланыс режиминде өткерилген ушырасыўға суд нуранийлары, Қарақалпақстан Республикасы судының судьялары, хызметкерлери, олардың ата-аналары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыў күн тәртибинен орын алған мәселелер “Өзбекстан-2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның мазмуны ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў, суд-ҳуқық тараўындағы реформалар-инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы, жасларға болса әдил судлаў-инсан мәплерин қорғаўдың кепили екенлигин түсиндириў ҳәм “Касби-корим адолат бўлди” атамасындағы китапты ушырасыў қатнасыўшыларына түсиндириўден ибарат болды. Мине усы темалар бойынша Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары баянат жасап, илаж қатнасыўшыларына толық мағлыўмат берилди.

Көпти көрген нуранийлардың тәжрийбеси жаслар ушын үлкен үлги мектеби. Инсан қәдири улығланған елде усындай мазмундағы ушырасыўлар болса жас судья ҳәм суд хызметкерлерин дурыс жуўмақ шығарыўға, нуранийлардың өмири ҳәм мийнет жолынан үлги алыўға, әдил ҳәм тек ғана нызамларға муўапық ҳадал пәк ҳүждан менен ислеўге, инсан тәғдири ҳәм қәдири ушын жуўапкершиликти терең сезиниўге бағдарлайды. Ашық сәўбетлесиўлер барысында өткен күнлерди еслеў, бүгинги өзгерислерге шүкирлик етиў-келешек ушын анық мақсетлерди белгилеп алыўға хызмет етеди.

Илаж даўамында елимизде инсан факторына айрықша итибар қаратылып атырғанлығы, Президентимиздин басламасы менен инсан қәдир-қымбаты, оның арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўға мүмкиншиликлер жаратып бериў баслы ўазыйпаға айланғаны айрықша атап өтилди.

Суд нуранийлары да өмири ҳәм мийнет жолы даўамында топлаған бай тәжирийбеси, жаслық дәўириндеги ҳәм хызмет бабындағы қыйыншылықлар, ең баслысы кексе әўлад ўәкиллерине көрсетилип атырған ҳүрмет-итабар ҳаққында өзлериниң кеўилиндеги миннетдаршылық сөзлерин, ийгиликли нийетлерин билдирди. Дурысында да, ел-журттың раўажланыўы жолында мәмлекетимиз басшысына жақын жәрдемши, қол-қанат болыў кереклиги үш әўладқа ылайық заманласларымыз арасындағы ашық сәўбетлесиўлердиң тийкарғы мазмунын қурады.

Илаж барысында нуранийларға Өзбекстан Судьялар ассоциациясының баслығы Убайдулла Мингбаевтың авторлығындағы “Касби-корим адолат бўлди” китабы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, бүгинги күнде тараўда нәтийжели жумыс ислеп, көпке өрнек болып киятырған судьялардың ата-аналарына миннетдаршылық хатлары да тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги