Мәмлекетимиз бойлап Наўрыз тамашалары даўам етип атырған күнлерде нуранийлардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алыў әзелден киятырған миллий қәдириятларымыздан есапланады.

Әсиресе, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, Ўатанды қорғаў ҳәм ел-журт тынышлығы жолында қурбан болған әскерий хызметкерлердиӊ шаӊарақ ағзалары, хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында майып болып қалған хызметкерлер ҳәмийше мәмлекетимиздиӊ итибарында ҳәм ғамқорлығында болып келмекте. Төрткүл районы ҳәкими Р.Шамуратов быйыл өзиниӊ  100 жасын қарсы алып атырған Екинши жер жүзилик урысы қатнасыўшысы Иван Федотович Галенконыӊ ҳал-жағдайынан хабар алып, Наўрыз байрамы менен қутлықлады.

Байрам мүнәсибети менен нураний ата материаллық хошаметленди ҳәм дәри-дәрмақ алыўы ушын арнаўлы сертификат тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги