Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-март күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сәўбетте оған ҳәм дос Россия халқына Москва ўәлаятындағы «Крокус Сити Холл» концерт залында жүз берген терроршылық ҳәрекети ақыбетинде көплеген инсанлар қайтыс болғаны мүнәсибети менен кеўил билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның көп миллетли халқы атынан қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына сабырлық, жарақатланғанларға тез пурсатта шыпа табыўын тиледи. Бийгүнә инсанларға қарсы қаратылған бул жынаят және бир мәрте қатаң қараланды.

Россия жетекшиси, өз гезегинде, Өзбекстан Президентине усы аўыр демде билдирилген сөзлери ҳәм зәрүр жәрдемди көрсетиўге таярлығы ушын миннетдаршылық билдирди. Мәмлекетлеримиздиң қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўына қарсы болған бул жаўыз күшке қарсы гүресиў бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.

 

ӨзА