Усы жылдыӊ 10-январь күни Қараөзек районы әдиллик бөлимине пуқара Е.М тәрепинен 11 жыл 9 ай 22 күн стажын мийнет стажларына қосып қайта есаплап бериўди сораған мүрәжаты бөлим тәрепинен тийисли тәртипте үйренип шығылды.

Үйрениў даўамында топланған ҳүжжетлерден анықланыўынша, 01.01.2005-25.11.2005-жыллар аралығында “АCА Мәденият”, 05.01.2006-21-12-2018-жыллар аралығында “Орынбай уйғыр”, 05.12.2015-31.01.2016 жыллар, 01.09.2017, 30.09.2017 ҳәм 01.04.2018, 31.12.2018-жыллар аралығында “Есентаев Мажит” фермер хожалығында, 18.04.2018, 01.04.2020-жылларда СПБ Марқаөзек-арнада ислеген жәми 11 жыл 9 ай 22 күн ИНПС төлемлери төленбегенлиги себепли есапқа алынбағанлығы анықланды.

Усы қалған мийнет стажын қосып пенсия напақасын қайта есаплаў миннетлемесин жүклеп бериўди сорап, усы жыл 11-январь күни Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судына шағым арза киргизилди. Шағым арза суд тәрепинен көрип шығылып,  қанаатландырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги