Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев басшылығында Шымбай районында “Жасыл мәкан” улыўма халықлық жойбарын әмелге асырыў сондай-ақ, жол бойларында ҳәм инфраструктура объектлери әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барыў мәселелери бойынша семинар болып өтти.

Онда республика, қала ҳәм районлардың сектор басшылары, жуўапкер мәкеме-шөлкемлердиӊ ўәкиллери қатнасты.

Семинарда тийкарынан жаңаланыў ҳәм жасарыў паслында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде бәҳәрги терек нәллерин егиў жумысларын нәтийжели алып барыў, қала ҳәм районларлыӊ әтирапында жасыл қапламалы белбеўлер пайда етиў, халқымыздың жер менен ислесиў мәдениятын арттырыў ҳәм ҳәр бир шаңарақта үй алдындағы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўына көмеклесиў мәселелери сөз етилди. Соның менен бир қатарда “Абатлық кеўилден басланады” деген ийгиликли идея тийкарында тазалық ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳәр бир пуқаралар жыйынына, ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы кереклиги, қала ҳәм районларда жол бойларында кең қамтыўлы дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылыўы айрықша атап өтилди.Сондай-ақ, сектор басшылары менен бирге алдағы ўақытта әмелге асырылыўы тийис жумыслар белгилеп алынды.






Буннан соң, республика басшылары, нураныйлар ҳәм жуўапкерлер қатнасыўында жақсы нийет пенен терек нәллери отырғызылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги