Усы жыл 22-март күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 22-март – мәҳәлле тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў кеңесиниң баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды мүбәрек Рамазан айында елимизде кең түрде белгиленип атырған Наўрыз əййямы ҳəм 22-март Мәҳәлле тараўы хызметкерлери күни  менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиӊ пәрман ҳәм қарары тийкарында Мәҳәллелер ассоциациясы шѳлкемлестирилип, “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен орынларда әмелге асыратуғын анық функционаллық ўазыйпалары белгилеп берилди. Мәмлекетимиз басшысыныӊ тиккелей басламасы  менен  Қарақалпақстандағы 452 пуқаралар жыйыныныӊ ҳәр бирине  500 миллион сумнан каржы ажыратылып, кең кѳлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Усыныӊ нәтийжесинде бир неше жыллардан берли жыйналып қалған машқалалар өз шешимин таппақта.

Өткен 2023-жыл даўамында республикамыздан таӊлап алынған “Аспантай” (Бозатаў), “Кердер” (Нөкис районы), “Қаватқалъа” (Елликқала), “Найман” (Беруний), “Рәўшан” (Қоӊырат) ҳәм “Жайхун” (Тақыятас) пуқаралар жыйынларында “Абат шаӊарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” өлшеми тийкарында 11 миллиард сумға шамалас қаржы есабынан ири қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Бул жумыслар быйылғы жылы да даўам етпекте. Атап айтқанда, биринши шеректе “Ифтихор” (Елликқала), “Үйшин” (Әмиўдәрья), “Бескөпир” (Қанлыкөл), “Мустақыллық” (Хожели) ҳәм “Пәшент таў” (Шымбай) пуқаралар жыйынларында қурылыс-абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди.

Президентимиздиӊ Қарақалпақстанға сапары даўамында ѳткерилген ушырасыўларда мәҳәллелерди абат етиў бағдарында халқымыздың миллий қәдириятлары болған көше ҳәм аўыл бийлериниң жумысларына да айрықша итибар қаратты. Елимизде алып барылып атырған реформалардыӊ әмелге асырылыўын тәмийинлеўде жәмийетшилик қадағалаўды күшейттириў мақсетинде биринши мәрте “Еӊ үлгили кѳше бийлери” таӊлаўын ѳткериў режелестирилмекте.  Бунда бийлердиӊ көшелер менен көп қабатлы турақ жайлар әтирапында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестириў, үй қапталы қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыўға көмеклесиўдеги белсендилиги баҳаланып барылады. “Еӊ үлгили көше бийи” таңлаўы усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап 1-август сәнесине шекем үш басқышта ѳткериледи ҳәм жеӊимпазлары материаллық жақтан хошаметленеди.

Байрам мүнәсибети менен Президентимиздиӊ пәрманы менен тараў хызметкерлериниӊ бир топары мәмлекетимиздиӊ орден ҳәм медальлары, соныӊ ишинде Мойнақ районындағы “Үшсай” аўыл пуқаралар жыйыныныӊ баслығы Амангелди Жакетов “Дўстлик” ордени, Тахтакөпир районындағы “Мақпалкөл” шаңарақлық шыпакерлик пункти патронаж мийирбийкеси Бәҳәргүл Сейтжанова “Соғлом турмуш” медалы, Әмиўдәрья районындағы “Brighton School” оқыў орайыныӊ директоры Нурбек Жуманиёзов “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланды. Илажда усы сыйлықлар өз ийелерине тапсырылды. Сондай-ақ, мәҳәлле тараўда көп жыллар даўамында пидәйылық пенен мийнет етип атырған ҳәм тараўда нәтийжели жумыс алып барып атырған бир қатар тараў пидайылары Қарақалпақстан Республикасының көкирек белгилери ҳәм ϴзбекстан мәҳәллери ассоциациясыныӊ “Маҳалла ифтихори” көкирек белгиси менен сыйлықланды.





Байрам илажы республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.




Қарақалпақстан хабар агентлиги