Әмиўдәрья районында улыўма халықлық Наўрыз байрамына бағышланган сейиллер көтериӊкилик жағдайында өткерилди.

Район ҳәкими С.Хожаметов жыйналғанларды жаӊа күн–жаӊа дийқаншылық мәўсиминиӊ басланыўы менен қутлықлады. Район халқыныӊ, соныӊ менен бирге жаслардыӊ аўыл хожалығы, шарўашылық, исбилерменлик, билимлендириў, спорт, мәденият тараўларында қолға киргизип атырған табысларын атап өтти. Басланып атырған жылда дийқанларымыздыӊ қырманы ҳәр жылдағыдан да бәлент болыўын тиледи.

Буннан соӊ Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен Халық аралық байрам сыпатында тән алынған Наўрыз байрамы сейиллери басланды. Районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған “Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!” сүрени астындағы байрам тамашалары жыйналғанлардыӊ нәзерине усынылды. “Учқун” қосық ҳәм аяқ ойын ансамбли, “Офарин” фольклор-этнографиялық ансамбли ағзаларыныӊ ҳәр бир шығыўын тамашагөйлер алғыслар менен күтип алды.

Сейилге өзгеше гөззаллық бағышлаған спортшылардыӊ шығыўлары, соныӊ ишинде гимнастикашы қызлардыӊ жетискенликлери мақтаныш сезимлерин оятады.

Байрам илажы қатнасыўшылары палўанлардыӊ беллесиўин, арқан тартысыў, қораз урыстырыў жарысларын айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти. Жеӊимпазларға байрам саўғалары тапсырылды.

Наўрыз – улыўма халықлық байрам тамашаларында жаӊлаған қосықлар бәршеге жоқары көтериӊкилик бағышлады. Қарақалпақ, өзбек, қазақ, рус, түркмен, татар, башқурт, корейс, украин ҳәм басқада миллет ўәкиллери  бир шаӊарақтыӊ ағзаларындайц болып беккем аўызбиршиликте жасап киятырған район халқы Наўырз байрамын усындай қуўанышлар менен күтип алмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги