Инсан қәдири барлық нәрседен үстин туратуғын мәмлекетимизде халықтың аўыр аўҳалға түсип қалыўының алдын алыў, сондай-ақ, халыққа социаллық жәрдем көрсетиў мақсетинде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 28-сентябрдеги “Халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасын және де жетилистириў илажалары ҳаққында”ғы қарары тийкарында “Инсан” социаллық орайлары шөлкемлестирилип,  орынларда халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламына жәрдем бериў бойынша жумыслар алып барылмақта. Биз Тақыятас районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы баслығы Б. Бегжанов пенен сәўбетлескенимизде ол, орайда исленип атырған жумыслар туўралы төмендегилерди айтып берди.

-Орайымызда оператор электрон платформасы арқалы әмелге асырылатуғын төрт бағдар бойынша 146 хызмет көрсетилди. Бүгинги күнде районымызда басқалар  жәрдемине мүтәж  69 жалғыз баслы кекселер болып, оларға 10 қәниге хызмет көрсетип келмекте. Орай тәрепинен 6 жалғыз  жасаўшылар  анықланып, орай тәрепинен реестрге киргизилди.

Сондай-ақ, бүгинги күнде кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранларына санаторий  дем алыў орынларына жолламалар берилип келинбекте. Тийкарынан 2023-жыл даўамында санаторийларда  денсаўлығын тиклеў ушын 192 пуқараға жолламалар берилген болса, 2024-жылдың басынан усы күнге шекем 41 жоллама берилди.

Районымызда бүгинги күнде жәми майып инсанлар саны 2447, соннан 1-топар майыплығы болғанлар 285, 2-топар майыплығы болғанлар 1729, 3-топар майыплығы болғанлар 64  ҳәм 369 балалықтан майыплығы бар инсанларға жәрдемлер көрсетилип келинбекте.  Орай тәрепинен 2023-жыл 15-августтан бүгинги күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 1-июльдағы 411-санлы қарары бойынша жәрдемге мүтәж шахсларды протез-ортопедия қурылмалары ҳәм реаблитациялаўдың техникалық буйымлары менен тәмийинлеў бойынша үлкенлер ушын 26 дана  кресло–арбаша, балалар ушын 7 дана кресло-арбаша, 20 дана еситиў қурылмасы, 31 дана ҳаса таяқ, 12 дана жуп қолтық таяқ, 2 дана тирсекли қолтық таяқ, көзи әззилер ушын 31 дана, жәми 126 дана буйымлар алып берилди.

Районда жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған 215 жас өспиримлер  болып, соннан, перзентликке алынғанлар саны 50 ҳәм 152си қәўендерликке алынған балалар.

Сырт мәмлекетлерге шығып кеткен пуқаралардан  25-45 жас аралығындағы пуқаралар саны 1557 болып, соннан 1113и сырт  еллерге шығып кеткен ата-аналарының шаңарақ ағзалары менен сәўбет өткерилиўи нәтийжесинде 19 баланың  қараўсыз қалғанлығы анықланып, төртеўине әменгер ҳәм қәўендер бекитилиў бойынша шөлкемлестириў ислери алып барылмақта.

Районымызда 2 Шаңарақлық балалар үйи болып, оларда 13, районлық Балалар үйинде 27 бала тәрбияланбақта. Сондай-ақ, 58 бала үй шараятында бекитилген устазлары тәрепинен билим алмақта.

Усы жылдың басынан баслап мәҳәллелерде балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемге мүтәж пуқараларды “Социаллық жәрдем бирден-бир  реестри” не киргизиў бойынша орайымыз тәрепинен әмелге асырылмақта.

Рамазан айы мүнәсибети менен жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери берилди. Бул илаж Наўрыз байрамы мүнәсибети менен даўам етпекте.

 

 

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги