Аўыл хожалығы министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылдың өними ушын 63 мың гектар майданда гүзги масақлы дәнли егинлерди агротехникалық қағыйдалар тийкарында толық егиў жумыслары әмелге асырылған.

Бүгинги күнде ғаўаша қатар араларына егилген ғәлле майданлары ғаўашадан қалған пақал  ҳәм  атыз әтирапларындағы қуўраған шөплерден тазаланған.

Егилген ғәлле майданларында азықландырыў илажларын өткериў мақсетинде төгин тасыў техникалары ҳәм механизация жәрдеминде себиў ушын техникалар бириктирилип, усы жылдың 20-февраль сәнесинен баслап график бойынша азықландырыў ҳәм суўғарыў жумыслары бүгинги күнге шекем толық әмелге асырылған.

Ғәлле майданларына бәҳәрги биринши төгин бериў жумыслары бүгинги күнде толық әмелге асырылып болынды. Ҳәзирги күнге шекем 503 гектар ғәлле майданларында бәҳәрги биринши суўғарыў жумыслары алып барылған.

Мапаз даўамында ғәлле майданларына 189 мың тонна органикалық төгин  бериў режелестирилген болып, соннан 151 мың тоннадан асламы атыз басларына алып барылған.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги