Ертең 21-март күни Гонконгтағы «Монг Кок» стадионында футбол бойынша Жәҳән чемпионаты-2026 турнириниң таңлап алыў басқышының 3-тур ойыны болып өтеди.
Онда Өзбекстан сайланды командасы Гонконг пенен ушырасады. Бул ушырасыўға сайланды команданың бас тренери Сречко Катанец тәрепинен 26 футболшы шақырылған. Олардың арасында Элдор Шомурадов, Жалолиддин Машарипов, Рустам Ашурматов, Абдукодир Хусанов, Отабек Шукуров, Аббосбек Файзуллаев, Азиз Тургунбоев сыяқлы команда жетекшилери де орын алған.
Усы топарда өткерилетуғын екинши ойында болса, Иран- Түркменстан өз-ара беллесиўге түседи.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Өзбекстан сайланды командасы өткерилген 2-турдан соң Иран менен бирге 4 упай топлап, өз топарында жетекшилик етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги