Нөкис қаласында пуқара өз үйинде қолдан жасалма усылда арақ өнимлерин ислеп шығарыў ушын “жасырын цех” шөлкемлестиргенлиги анықланды.

Инсан саламатлығына үлкен қәўип салыўшы сапасы кепилленбеген ҳәм қолдан жасалма усылда таярланған алкоголъ өнимлерин анықлаў ҳәм оларды ислеп шығарып атырған жасырын цехлардың жумысларына шек қойыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен МҚХ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, ИИМ ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери менен биргеликте Нөкис қаласында оператив илаж өткерилди.

Оператив илаж даўамында Нөкис қаласындағы хожалықлардың бири санкция тийкарында қалыслардың қатнасыўында тексерилип, көзден өткерилгенинде, бул шаңарақта қолдан жасалма усылда алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў ушын “жасырын цех” шөлкемлестиргенлиги анықланып, онда 8415 дана “Қаратаў” жазыўы бар этикеткалар, 241 шийше капсуласы, 172 жасалма акциз маркалары, 1800 дана “Қаратаў” шийше пробкалары, 6000 пробка ишиндеги пластмассалар, 1 сәне қойыў ушын таңба және оның сыясы, 24 литр спирт өними, 11 метр шланг, 11 полиэтилен плёнкалар, 60 дана 0,5 ҳәм 0,75 литрлик көлемдеги бос шийше ыдыслар, 47 дана 5 литрлик спирт өниминиң бос ыдыслары бар екенлиги анықланды.






Усы факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен жынаят иси қозғатылып, тергеў уйымларына жиберилген.

Мағлыўмат ушын: Әмелдеги нызамшылық талапларына бола, алкоголь өнимлери сапа қадағалаўынан өткерилип, “Мәмлекет белгиси” Мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен ислеп шығарылатуғын акциз маркалары менен маркировкаланыўы белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги