Өзбекстанныӊ Испаниядағы елшиси Фарруҳ Турсунов Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ Пүткилдүнья жүзилик туризм шөлкеми (UNWTO) ниӊ Бас хаткери Зураб Пололикашвилиге исеним жарлықларын тапсырды.

Пүткилдүнья жүзилик туризм шөлкеминиӊ Мадридтеги штаб-квартирасында болып өткен сәўбет барысында Өзбекстан менен бул шөлкем арасындағы бирге ислесиўдиӊ жағдайы ҳәм перспективалары ҳаққында пикир алысылды.

UNWTO Бас хаткери 2023-жыл октябрь айында Самарқанд қаласында болып өткен Шөлкем Бас Ассамблеясыныӊ 25-сессиясын жоқары дәрежеде өткергени ушын Өзбекстан басшылығына және бир мәрте миннетдаршылық билдирди. Бул сессияда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған басламаларға айрықша итибар қаратылды.

Зураб Пололикашвили, сондай-ақ, Өзбекстан UNWTOныӊ еӊ белсенди ағзасы екенлиги, бул структура республика менен биргеликте еӊ көп жойбарларды әмелге асырып атырғанын атап өтти.

Шөлкем басшысыныӊ айтыўына бола, БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен Өзбекстан басламасы менен «2027-жыл – Халықаралық турақлы ҳәм қолайлы туризм жылы» резолюциясы қабыл етилгени жоқары ҳүрметке ылайықлы.

Ушырасыў жуўмағында UNWTO Бас хаткери бул резолюция нәтийжели әмелге асырылатуғынына да турақлы және қолайлы туризмди раўажландырыў бойынша илажларды әмелге асырыўда барлық мәмлекетлердиӊ белсене қатнасатуғынына үмит билдирди.

Мағлыўмат ушын: 2024-жыл 24-январьда БМШ Дүнья жүзилик туризм шөлкеми (ЮНВТО) ребрендинг өткерип, өз атамасын рәсмий БМШ Туризмге (UN Tourism) өзгертти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги