Финляндия избе-из жетинши мәрте дүньяныӊ еӊ бахытлы мәмлекети деп тән алынды. Рейтингте күшли онлыққа Дания, Исландия, Швеция, Израиль, Нидерландия, Норвегия, Люксембург, Швейцария ҳәм Австралия  кирди.

Өзбекстан бул рейтингте 143 мәмлекет арасында 47- орынды алды. Орайлық Азия мәмлекетлеринен Қазақстан 49, Қырғызстан 75, Тәжикстан 88-орынды  алды.

Рейтингте жәми 143 мәмлекет киргизилген болып, оқырғы орында Аўғанстан белгиленген.

2023-жыл ушын бахытлы мәмлекетлер рейтингинде (World Happiness Report) Өзбекстан 1 орынға төменлеп, 54-орынды ийелеген еди.

Ҳүжжетти ислеп шығыўда экспертлер тийкарынан халықтыӊ дәраматлары, денсаўлық, социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтлик ҳәм коррупция сыяқлы көрсеткишлерди есапқа алған. Буннан тысқары, рейгинте мәмлекетте пуқаралық еркинликлер, қәўипсизлик ҳәм келешекке исеним сезими, сондай-ақ, шаӊарақлардыӊ турақлылық көрсеткишлери де инабатқа алынады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги