Усы жылдыӊ 5-март күни Нью-Йоркта Өзбекстан ҳәм Лихтенштейн арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатыў ҳаққындағы Биргеликтеги коммюникеге қол қойылды.

Еки мәмлекет ҳүкиметлери атынан ҳүжжетке Өзбекстанныӊ БМШтағы турақлы ўәкили Улығбек Лапасов ҳәм Лихтенштейн Князлигиниӊ БМШтағы турақлы ўәкили Кристиан Венвайзер қол қойды.

Тәреплер халықаралық шөлкемлер, атап айтқанда, БМШ ҳәм оныӊ қәнигелескен шөлкемлери шеӊберинде биргеликтеги бирге ислесиўди күшейтиўге өз-ара таяр екенин билдирди.

Сиясий, саўа-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўдиӊ өз-ара пайдалы бағдарларын табыў ушын еки тәреплеме байланысларды жеделлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Ҳүжжетке қол қойылыўы Өзбекстан менен Европа мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.

Усылайынша, Лихтенштейн Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан 146-мәмлекетке айланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги