АҚШ халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) 20-февральдан Өзбекстанда «Барлық балалар табысы» деп аталған жойбарды иске қосты. Бағдарлама шеӊберинде бес жыл даўамында 25 миллион доллар ажыратылады.

АҚШ елшиханасы баспасөз хызметиниӊ хабарына бола, жойбар Creative Associates International, Халықаралық билимлендириў бойынша Америка кеӊеслери, АҚШтыӊ Сиракуз университети жанындағы майыплық ҳәм инклюзия орайы, Praxis Plus ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети менен биргеликте ислесиўинде әмелге асырылады,- деп мәлимлеме береди хабар.уз

Жойбардыӊ рәсмий басланыўына бағышланған илажда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры Мансурбек Оллоёров, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қўнғиротбой Шарипов, USAIDтыӊ Өзбекстандағы миссиясы директоры Дэвид Хоффман ҳәм Creative Associates шөлкеминиӊ президенти Лиланд Крувант қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Шығып сөйлеўшилер ҳәр бир баланыӊ жетискенлигин тәмийинлеў, потенциалын толық әмелге асырыўда бирге ислесиў, пидайылық ҳәм жәмәәтлик жуўапкершилик әҳмийетли орын тутатуғынын атап өтти.

Өзбекстан ҳүкимети майыплығы болған балалардыӊ ҳуқықларын қорғаў бойынша қатаӊ илажлар ислеп шықты. USAIDтыӊ «Барлық балалар табыслы» жойбары инклюзив билимлендириў менен байланыслы төмендеги әҳмийетли бағдарларды қоллап-қуўатлайды: қолайлы оқыў-методикалық материаллар, оқыўшылар ушын әмелият ҳәм мектеп орталығын жаратыў, тийкарғы мәпдар тәреплер, яғный оқыўшылар ҳәм майыплығы болған шахслар менен биргеликте ислеп шығылған турақлы сиясатты раўажландырыў.

Илаж жуўмағында миллий ҳәм халықаралық структуралар арасында сапалы инклюзив билимлендириўди шөлкемлестириў ҳәм Өзбекстандағы балаларды социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған бирге ислесиў келисимине қол қойылды. Ол билимлендириў системасын және де инклюзив болыўына тийкар салады ҳәм оқыўшылар, атап айтқанда майыплығы бар оқыўшылардыӊ таяныш көнликпелерин раўажландырыўға жәрдемлеседи.

2023-жылдыӊ ақырында Өзбекстан әдиллик министрлиги ҳәм USAID арасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимиятты раўажландырыўға байланыслы ҳүжжетке қол қойылды.

2023-жылдыӊ ноябрь айында АҚШ агентлиги «Туберкулезден аўлақ Өзбекстан» деп аталған бес жыллық басламаға старт берди.

2023-жыл 23-24-октябрь күнлери мәмлекетимизде мийман болған USAID администраторы Саманта Пауэр Өзбекстан халқын қоллап-қуўатлаў ушын 14,2 миллион доллар ажыратылатуғынын мәлим еткен еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги