Елликқалада Наўрыз сейиллери
Район орайындағы Ашық театрда кәрхана, мәкеме, шөлкемлер ҳәм пуқаралар жыйынлары тәрепинен өзине тән сахналар таярланып, әтирапы байрамға сай безетилди.
Бул жерде бай рам тамашалары басланып, онда район ҳәкими Валижан Ниязымбетов бәршени байрам менен қутлықлады.
Ел сүйген көркем өнер шеберлериниң шығыўлары, миллий тағам ҳәм өнимлердиң көргизбеси, театр жәмәәтлери, түрли ансамбльлер ҳәм балалардың атқарған қосық ҳәм аяқ ойынлары кеўиллерге өзгеше пайыз бағышлады.
Район ҳәкимлигиниң басламасы менен белсенди ҳаял-қызлар тәрепинен үлкен қазанларда таярлаған сүмелек, кәрхана, мәкеме ҳәм оқыў орынлары таярланған миллий тағамлар көргизбеси, безелген қара үйлер менен байрам дастурханы журтымыздағы берекеттен дәрек береди. Сейил көринисиндеги байрам илажы жас сүўретшилер көргизбеси, дәрўазлар ойынлары, китап ярмаркалары, шайырлар айтысы менен даўам етти.
Наўрыз түрли миллетлерди бирлестирген қәдриятлар байрамы есапланады. Көп миллетли елимизде жасап атырған өзбек, қарақалпақ ҳәм қазақ миллетлери ўәкиллериниң салт-дәстүрлери көрсетилди.
Районда байрамға бағышланған сейиллер узақ даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги