Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының 25.12.2023-жыл 25-декабрьдеги дағ орынлаў ҳүжжетине тийкарланып пуқара Д.Жуманиязованы Хожели районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳǝм бǝнтлик бɵлиминдеги алдынғы жумыс орнына теңлестирилген орынға тиклеў белгиленген.

Нызамшылыққа бола жумысқа тиклеў ҳǝм мийнет ҳақы ɵндириў ҳаққындағы судлардың орынлаў ҳүжжетлери Бюро уйымларына усынылмастан алдын жумыс бериўши шɵлкемге тапсырылыўы кереклиги қатаң белгилеп қойылған.

Сол себепли, пуқара Д.Жуманиязова судтың орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тǝмийинлеп бериўди сорап, Хожели районлық кәмбағаллықты қысқарттырыў ҳǝм бǝнтлик бɵлимине тапсырған.

Районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳǝм бǝнтлик бɵлими судтың қарары орынланыўын тǝмийинлемегеннең соң пуқара Д.Жуманиязова Бюроның Хожели районы бɵлимине мүрәжат етип, ҳүжжеттиң орынланыўын тǝмийинлеп бериўди сораған ҳǝм бɵлим тǝрепинен орынлаў ҳǝрекетлерине кирисилген.

Бɵлим мǝмлекетлик орынлаўшысы суд қарарының орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде Хожели районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳǝм бǝнтлик бɵлими баслығына суд қарарының орынланыўы кереклиги, оны орынламаўдың ақыбетлери ҳаққында ескертиў берген. Соның нǝтийжесинде бɵлими баслығының усы жыл 1-марттағы буйрығына тийкарланып пуқара Д.Жуманиязова ɵзиниң алдынғы лаўазымына теңлестирилген жумысқа тикленди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги