Республикамыздың барлық жерлериндеги сыяқлы Төрткүл районында да байрам сейиллери “Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!” сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте.

Ҳәмме асығып күткен Наўрыз байрамын көтериңкилик жағдайында белгилеў мақсетинде  районның орайлық көшелери безелди. Әсиресе, Мустақиллик көшесиниң еки тәрепиндеги бетон үстинлер ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары реңине боялған.  Бул жерде райондағы пуқаралар жыйынлары тәрепинен таярланған миллий кийимлер ҳәм тағамлар көргизбеси орын алған. Оларда уста өнерментлер тәрепинен исленген буйымлар, миллий кийимлердеги қыз-келиншеклер тәрепинен таярланған тағамлар орын алған. Бәршеге шебер аспазлар тәрепинен таярланған сумелек усынылды. Жасы үлкенлер бәҳәр паслына жеткергенине шүкиршилик етип, дуўаға қол жайды.

Байрам тамашалары жасарыў ҳәм жаңаланыў паслының кирип келгенининен дәрек бериўши бәҳәр  вальси менен басланып, Наўрыз ҳаққында қосықлар, аяқ ойынлар менен даўам етти.

Буннан кейин район секторларының басшылары, мийманлар ҳәм ветеранлар менен биргеликте көргизбелерди тамаша етти. Район ҳәкими Р.Шамуратов  жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Районлық мәденият бөлими хызметкерлери, талантлы жаслар  тәрепинен таярланған байрам концерт бағдарламасы, театрластырылған сахналық көринислер,  аяқ ойынлар, қызықшылардың шығыўы, түрли миллет ўәкиллериниң миллий қосықлары менен аяқ ойынлары, лапарлар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.




Усы күни күн бултлы болыўына қарамастан, адамлардың кейпияты жоқары болды. Палўанлардың беллесиўи, ҳәр бир пуқаралар жыйыны жигитлериниң арқан тартысыўы, қоразлар урысы тамашалары өткерилди. Жеңимпазларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги