Өзбекстан тәрепи Венгрия менен ҳаўа қатнаўына байланыслы келисимди тастыйықлады

126

Усы жылдың 19-март күни Президент «Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Қарарға бола, Өзбекстан ҳәм Венгрия Ҳүкимети арасында ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы келисим тастыйықланды.

Транспорт министрлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер менен уйымлардың басшылары бул халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин белгиленген тәртипте оның қағыйдалары әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.

Еслетип өтемиз, бул Келисимге 2023-жыл 19-август күни Будапешт қаласында қол қойылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги