Дүньяныӊ ҳаўасы еӊ патасланған мәмлекетлери мәлим етилди

2023-жылдыӊ жуўмақларына бола, ҳаўасы еӊ патас мәмлекетлер дизиминде Пакистан, Бангладеш ҳәм Ҳиндстан жетекшилер деп табылды. Бул ҳаққында Швейцарияныӊ ҳаўа IQAir мониторинг шөлкеминиӊ есабатына сүйенип Reuters хабар бермекте.
IQAir қәнигелери дүньяныӊ 134 мәмлекети ҳәм регионындағы 30 мыӊнан аслам ҳаўа сапасы мониторинг станциялары мағлыўматларын таллады. Өткен жылы Бангладеш атмосферасында PM 2,5 – өкпениӊ ислеўине тосқынлық ететуғын майда бөлекшелер (элементлер) орташа концентрациясы ҳәр бир кубметр ушын 79,9 микрограммды қураған. Пакистанда да усындай көрсеткиш 73,7 микрогаммды қураған болса, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) ҳаўадағы РМ 2,5 тиӊ жыллық орташа дәрежеси ҳәр бир куб метр ушын бес микрогаммнан артпаўын усыныс еткен.
Жоқарыдағы мәмлекетлерде зыянлы элементлер концентрациясы рухсат етилген стандартлардан сәйкес түрде дерлик 16 ҳәм 15 есеге жоқары.
Ҳиндстанға келсек, бул жердеги муғдар әдеттегиден шама менен 11 есеге жоқары болып шықты. Делидеги РМ 2.5 қурамы 102,5 микрограммды қурады.
Анықлық киргизилиўинше, қәнигелер қәўипли элементлердиӊ ЖДСШ стандартларына муўапық нормал концентрациясы тек ғана жети мәмлекетте – Австралия, Эстония, Финляндия, Гренада, Исландия, Маврикий ҳәм Жаӊа Зеландияда белгиленген, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Алдынырақ Вьетнам пайтахты Ханой дүньяныӊ ҳаўасы еӊ патасланған қаласы деп табылған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги