Электромобиль ҳәм гибрид автомобильлер ислеп шығарыў қуўатлығы басқышпа-басқыш жылына 500 мыӊ данаға шекем арттырылады

132

«Өзбекстан Республикасында электромобиль ҳәм гибрид автомобильлер ҳәм олардыӊ комплектлеўши бөлеклерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў» инвестициялық жойбарын әмелге асырыў ҳаққындағы инвестиция шәртнамасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент Қарары (ПҚ-132-санлы, 18.03.2024 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, инвестиция шәртнамасына төмендеги мәселелерди қосыў бойынша Инвестор менен сөйлесиўлер алып барылады;

— Инвестициялық жойбарды әмелге асырыўдыӊ кейинги дәўирлеринде электормобиль ҳәм гибрид автомобильлер ислеп шығарыў қуўатлылығын басқышпа-басқыш жылына 500 мыӊ данаға шекем арттырыў;

— Инвестициялық жойбарды әмелге асырыўдыӊ кейинги дәўирлеринде ислеп шығарылатуғын электормобиль ҳәм гибрид автомобильлердиӊ локализациялаў дәрежесин 60 процентке жеткериў;

— жергиликли халық ушын 10 000 жаӊа жумыс орынларын жаратыў;

— ислеп шығарылған электромобиль ҳәм гибрид автомобильлерди Биргеликтеги кәрхана тәрепинен белгиленген экспорт мәмлекетлеринен тысқары турақлы түрде экспорт етилетуғын мәмлекетлердиӊ дизимин кеӊейтиў;

— сапалы ҳәм қәўипсиз электромобиль ҳәм гибрид автомобильлерди сатып алыў, олардыӊ жергиликли климат шараятларына муўапықлығын тәмийинлеў ҳәм кепилликли сервис хызметин көрсетиў бойынша тутыныўшылардыӊ мәплерин қорғаў илажларын ислеп шығыў;

— барлық автомобиль ислеп шығарыўшы кәрханаларға, сондай-ақ, Инвесторға, нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жеӊиллик ҳәм преференцияларды бериўде теӊдей шәртлер ҳәм шараятларды жаратыў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги