Россия президенти Владимир Путин жаңа президентлик мүддети даўамында дәслепки сапарын әмелге асыратуғын мәмлекет ретинде Қытайды таңлаўы мүмкинлигин айтты. Бул ҳаққында «ТАСС» хабар бермекте.

Бул Путинниң парламент фракциялары басшылары менен ушырасыўында талқыланды. Россия басшысы Россия Федерациясы Коммунистик партиясы басшысы Геннадий Зюгановтың өтинишлерин инабатқа алыўға ўәде берди.

«Үмит етемен, сизиң биринши сапарыңыз Батысқа емес, Шығысқа болады. Жолдас [Қытай басшысы] Си Цзиньпин келиўиңизди күтпекте, ол мәмлекетимизди жүдә жақсы көреди», — деди Зюганов президентке мүрәжаат етип.

«Мен, әлбетте, ҳеш қандай ҳәзилсиз, айтқанларыңызды инабатқа аламан», деп жуўап берген Путин.

Еслетип өтемиз, Россияда болып өткен президентлик сайлаўларында Путин үлкен айырмашылық пенен жеңиске еристи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги