Фото: Ferra

Пүткиллей жаңа – еки тәреплеме қуяш панели ислеп шығылды, онда электрод ўазыйпасын атқарыўшы углеродлы нанотрубкалар алдыңғы ҳәм артқы тәреплерине қойылды. Суррей, Кембридж, Сидиан, Чжэнчжоу университетлери ҳәм Қытай илимлер академиясы илимпазларынан ибарат топар усы изертлеў нәтийжелерин Nature Communications журналында шығарды.

Доктор Жин Чжан (Суррей жетекши технологиялар институты илимпазы)ның атап өтиўинше, жаңа панел қуяш нурын ҳәр еки тәрепи менен жыйнай алады, көбирек энергия ислеп шығарылады, қалаберсе, бундай панеллерге қуяш нуры көбирек түседи.

Фото:  Jing Zhang и Ravi Silva / University of Surrey

Еки тәреплеме панелдиң ҳәр квадрат сантиметри 36 мВт энергия ислеп шығарады, артқы панел тийкарғысы менен дерлик бирдей (97 процент) энергия бергени дыққатқа ылайық.

Профессор Рави Силва (Жетекши технологиялар институты директоры) ҳәм басқа илимпазлар жаңа панел декарбонизацияны көзлеген дүнья ушын жаңа панел унамлы шешимлерден бири болатуғынына үмит етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги