Дәўқарада Наўрыз сейили

133

Улыўмахалықлық байрам сейилине айланып кеткен Наўрыз салтанатлары республикамыздың ең арқа-шығысында жайласқан Тахтакөпир районында да кең түрде белгиленип өтилмекте.

Районның кең жәмийетшилиги қатнасқан «Дәўқара» стадионында өткерилген  «Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!» атамасындағы байрам салтанатында район ҳәкими Жамбул Адилов сөзге шығып, район халқын жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм кеңпейилилик әййямы – Наўрыз улыўмахалықлық байрамы менен қутлықлады.

Онда районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилип, бул жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.








Сондай-ақ, байрам илажы даўамында райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем хызметкерлери, аймақ турғынлары тәрепинен таярланған миллий тағамлар ҳәм үрп-әдет дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендириўши көргизбелер, спорт ойынлары шөлкемлестирилип, онда белсене қатнасқанлар ҳәм жарыс жеңимпазлары район ҳәкимлиги тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги