Өзбекстан Қаҳарманы Зайниддин Низомхўжаев ҳүрметли атақ пенен сыйлықланды

132

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң пәрманына муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары ҳәм мәмлекетимиз денсаўлықты сақлаў системасындағы көп жыллық жемисли мийнети, елимизде миллий сайлаў системасын улыўма тән алынған халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў, демократиялық реформаларды табыслы әмелге асырыў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын жүзеге шығарыў бағдарындағы үлкен хызметлери,  жоқары потенциаллы кадрларды таярлаў, жас әўладты ана ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға қосқан мүнәсип үлеси, сондай-ақ, туўылған күниниң 70 жыллығы мүнәсибети менен «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Зайниддин Низомхўжаевқа усы жоқары атақ ҳәм көкирек белгисин тапсырды.

Медицина илимлериниң докторы, профессор З.Низомхўжаев узақ жыллар бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда пидәкерлик пенен мийнет еткен. Ол 2014-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы менен сыйлықланған.

ӨзА