Елимизде «Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!»  сүрени астында байрам тамашалары даўам етип, халқымыз Наўрызды кең түрде белгилемекте. Хожели районында да бүгин Наўрыз байрамы кең түрде байрамланды.

Таң азаннан басланған байрамда  караүйлер тигилип, миллий өнерментшилик буйымлары көргизбеси шөлкемлестирилип, байрам нышаны болған сүмелек таярланды ҳәм  миллий тағамларды өз ишине жәмлеген  көргизбе шөлкемлестирилди. Районның тараўларда ерискен табыслары бойынша сәўлеленген көргизбелери байрамға және де заўық бағышлады.

Байрам салтанатында район ҳәкими Ж.Ермашев  байрам менен қызғын қутлықлап, елимиздиң халық хожалығы тараўларының раўажланыўында  мүнәсип үлес қосып атырған район халқының жумысларында табыслар тиледи.

-Жасарыў ҳәм жаңаланыў байрамы болған Наўрыз районымызда көтериңки руўхта белгиленбекте. Өзим ата кәсиби болған бесик соғыў өнери менен шуғылланып келмектемен. Шаңарақлық бизнес пенен шуғылланып, халқымызға миллий үрп-әдет дәстүрлеримиз болған бесиклерди соғып, хызмет етип атырмыз. Бүгинги көргизбеде өз қол өнерлеримиз бенен қатнасып атырмыз,-дейди «Күн нуры» мәкан пуқаралар жыйында жасаўшы өнермент Азамат Избергенов.






Байрам арқан тартысыў,  палўанлар гүреси, тас көтериў сыяқлы миллий спорт ойынлары ҳәм  қошқар дүгистириў  жарыслары ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң атқарыўындағы концерт бағдараламасы менен даўам етти.


Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги